Пуқаралық судларға арза берилгенде кимлер бажы пул төлеминен азат етилген?

Өзбекистан Республикасы Салық кодексиниң 329-статьясына тийкар, төмендегилер пуқаралық судларға арза берилгенде бажы пул төлеминен азат етилген. 

1. Даўагерлер ис ҳақыны өндириў, мийнет ҳуқықлары бойынша келип шығатуғын даўалар, авторлық ҳуқықлары, жаратыўшылық, товар белгиси (бренд) ҳуқықынан келип шығатуғын даўалар, алиментлер өндириў ҳаққындағы даўалар, мийнетке майып болғанлығы яки ден-саўлығы басқа түрде зыянланыўы, сондай-ақ бағыўшысы қайтыс болғанлығы себепли келтирилген зыянның орның қаплаў бойынша даўалар, нызамсыз хүким етиў яки жынайый жуўапкершиликке тартыў ямаса ҳәкимшилик жаза бериў себепли шахсға жеткерилген зыянның орның қаплаў бойынша даўалар, жынаят себепли келтирилген материаллық зыянның орның қаплаў ҳаққындағы даўалар; 2. Некени бийкар етиў ҳаққындағы мал-мүлкти бөлиў менен байланыслы болмаған ислер бойынша апелляция ҳәм кассация шағымлары менен мүрәжжет еткен шахслар;

3. Юридикалық ҳәм физикалық шахслар жынаят ислери ҳәм алиментлерди өндириў менен байланыслы пуқаралық ислери менен байланыслы ҳүжжетлерди оларға бергенлик ушын;

4. Юридикалық ҳәм физикалық шахслар суддың исти тамамлаў яки оны көрместен қалдырыў ҳаққындағы үйгарыўын бийкар етиў ҳаққындағы, суддың шешиў қарары орынланыўын кешиктириў яки бөлип-бөлип орынлаў, орынлаў усылын ҳәм тәртибин өзгертиў ҳаққындағы, даўаны тәмийинлеў яки даўаны тәмийинлеўдин бир түрин басқа түрине алмастырыў ҳаққындағы, суддың жаңадан ашылған халатлар бойынша шешиў қарарын, үйгарыўын яки қарарын қайта көрип шығыў ҳаққындағы, суд тәрепинен белгиленген жәрийманы бийкар етиў яки кемейтириў, суддың шешиў қарарын өзгертиў, өткизип жиберилген мүддетти тиклеў ҳаққындағы арзалар бойынша;

5. Юридикалық ҳәм физикалық шахслар-мәмлекетлик орынлаўшының ҳәрекетлери (ҳәрекетсизлиги) үстинен берилген шағымлар, суддың жәрийманы бийкар етиў яки кемейтириўди инкар етиў ҳаққындағы үйгарыўы үстинен айрықша шағымлар ҳәмде суд үйгарыўы үстинен басқа айрықша шағымлар бойынша;

6. Исбилерменлик субъектлери-исбилерменлик жумысларын әмелге асырыў менен байланыслы болған ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин бузатуғын мәмлекетлик органлары ҳәм басқа органлар қарарлары, олардың лаўазымлы шахсларының ҳәрекетлери (ҳәрекетсизлиги) үстинен судқа мүрәжжет еткенде, сондай-ақ бул жеңилликке мәмлекетлик емес, коммерциялык емес шөлкемлер;

7. Тутыныўшылар өз ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплери бузылыўы менен байланыслы даўалар;

Юридикалық мағлыўматлар каналынан мағлыўмат урлаганы ушын бажы пулдан азат етилген.

8. Өндириўши яки мәмлекетлик орынлаўшысы қарыздарды яки оның мал-мүлкин излеў бойынша қәрежетлердиң қарыздар тәрепинен қаплаў ҳаққындағы ислер;

9. Мүлк ийелери жеке меншик мүлк ҳуқықын әмелге асырыў менен байланыслы болған ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплери бузылғанлығы ҳаққындағы мәмлекетлик органлары ҳәм басқа органлардың, пуқаралар өзин-өзи басқарыў органларының қарарлары, олардың лаўазымлы шахсларының ҳәрекетлери (ҳәрекетсизлиги) үстинен судқа шағым етиў ҳаққындағы ислер;

10. Сондай-ақ, бир қатар мәмлекетлик органлары ҳәм басқа шөлкемлер өз искерлигинин айырымы мәселелери бойынша пуқаралық судларға мүрәжжет еткенде бажы пул төлемлеринен азат етилген. 

Булар тек бажы пулдан азат етилген, почта қәрежетинен азат етилмеген. 

Бажы пулдан азат етилгенлер жоқарыдағы мәселелер бойынша арза берсе ҳәм судда утып шықса егер бажы пул жуўапкерден өндириледи.

Егер бажы пулдан азат етилген тәреп жоқарыдағы мәселелер бойынша даўа арза берип судда өзи утылып қалса бажы пул төленбейди.

Даўагердиң бажы пулдан азат етилгени жуўапкерге бажы пул төлемеў ҳуқықын бермейди.

Дерек: Юридикалық мағлыўмат

“Disability Rights” – Майыплығы болған шахслар ҳуқықы Арнаўлы топламы телеграм каналына ағза болың

© P.S.: Идея авторы: Саламат Авезов.
Балалығынан II-топар майыбы«ДЦП – (Детский Церебральный Паралич) – БЦЛ – Балалар церебраль ләңи)» диагнозы.