Ерли-зайыплы бир-биринен ажырасса алимент алама яки ажыраспай турыпта алимент талап ете алама?

Шаңарақ кодексине тийкар, күйеўи яки ҳаялы жәрдемге мүтәж яғный, мийнетке жарамсыз болса, сондай-ақ, ҳаял ҳәмиледарлық дәўиринде ортада бала туўылған күннен баслап 3 жыл даўамыңда, ортадағы майып бала 18 жасқа толғанға шекем ямаса балалықтан биринши топар майып болған балаға қараған жәрдемге мүтәж ҳаял ямаса күйеўи судқа мүрәжеет етип алимент алыў ҳуқықына ийе.

 Некеден ажырасқаннан кейин ҳаял ямаса күйеўи төмендеги жағдайда алимент суд тәртибинде талап етиў ҳуқықына ийе:

1. Ажырасқан ҳаял ҳәмиледарлық дәўиринде ҳәм ортада бала туўылған күннен баслап 3 жыл даўамыңда:

2. Ортадағы майып бала 18 жасқа толғанға шекем яки балалықтан биринши топар майыбы болған балаға қараған жәрдемге мүтәж ҳаял яки күйеўи:

3. Некеден ажыралғанга шекем яки некеден ажыралған ўақыттан баслап бир жыл даўамыңда мийнетке жарамсыз болып қалған жәрдемге мүтәж ҳаял яки күйеўи:

4. Некеден ажыралған ўақыттан баслап 5 жыл ишинде пенсия жасына жеткен жәрдемге мүтәж ҳаял ямаса күйеўи, егер ерли-зайып узақ ўақыт некеде болған болса.

Ерли-зайыплы ажырасқаннан кейин жоқарыдағы жағдай бойынша төленетин алимент муғдары олар ортасында келисим менен белгилениуи мүмкин. 

Егер келисе алмаса суд тәреплердиң жағдайын есапқа алған ҳалда ең кем ис ҳақынын уштен бир есеси 33% нен кем болмаған ҳалда белгилеўи мүмкин.

Суд төмендеги жағдайларда тәреплердиң арзасына тийкар ҳаял яки күйеўи төлейтин алиментти шеклеўи яки азат етиўи мүмкин.

1. Егер ерли-зайып некеде қысқа ўақыт болған болса:

2. Егер өз тәмийнаты ушын пул төлениўин талап қылған тәрептин налайыў минез-хулкы себепли некеден ажыралған болса:

3. Егер жәрдемге мүтәж күйеў яки ҳаял мийнетке жарамсыз болып қалыўы спиртли ишимликлер, нәшебентлик, психотроп затларды қабыл етиўи яки қастан жынаят ислеўи нәтийжесинде жуз берген болса:

4. Алимент алыўга себеп болған жағдай сапластырылса:

5. Ҳаял яки күйеўи жаңадан некеге кирискен болса.

Итибар берин, бул балаға төленетин алимент емес. Балаға төленетин алименттен басқа.

Дерек: Юридикалық мағлыўмат

“Disability Rights” – Майыплығы болған шахслар ҳуқықы Арнаўлы топламы телеграм каналына ағза болың

© P.S.: Идея авторы: Саламат Авезов.
Балалығынан II-топар майыбы«ДЦП – (Детский Церебральный Паралич) – БЦЛ – Балалар церебраль ләңи)» диагнозы.