Нөкис қаласы Әдиллик бөлими ҳәм Өзбекстан Республикасы көзи әззилер жәмийети Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен “Майыплығы болған шахслардың ҳуқықларын қорғаў” ҳуқықый акциясы көзи әззилер жәмийети китапханасыда ағза болған пуқаралар менен ушырасыў шөлкемлестирилди.
Елимизде майыплығы болған пуқараларды социаллық жақтан қоллап-қуўатлаў олардың ҳуқықларын ҳәм еркинликлерин тәмийинлеў бағдарында кең көлемли илажлар алып барылмақта.
“Майыплығы болған шахслардың ҳуқықларын қорғаў” ҳуқықый акциясыда мине усындай илажлардың бири болып онда Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги мәсләҳәтшилери тәрепинен көзи әззилер жәмийетлерине ағза болған пуқаралар менен ушырасыў өткерилип, оларды қыйнап қыятырған машқалалар тыңланды.
Елимизде социаллық әдиллик принципин тәмийинлеў, көмек ҳәм жәрдемге мүтәж инсанлар майыплығы болған шахслардың турмысынан разы болыўы ушын қоллайы шәриятлар жаратып бериў мәселесине айрықша итибар қаратып атылғанлығы даўамында атап өтилип қатнасыўлардың қызықтырылған сораўларына толып жуўаплар берилди.
Видео: YouTube
Нөкис қаласы Әдиллик бөлими
Дерек: Әдиллик жаңалықлар
Отправить комментарий
Отправить комментарий