Күни кеше Социаллық қорғаў миллий агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы С.Данияров Беруний районында болып, дәслеп райондағы “Инсан” социаллық хызметлер орайы искерлиги ҳәм социаллық хызметкерлердиң жумыслары менен танысты.

Соң “3-декабр – Майыплар күни” мүнәсибети менен мәҳәллелердеги майыплығы болған ҳәм жалғыз баслы кекселер ҳалынан хабар алып, олардың машқалаларын тыңлады. Сондай-ақ “Найман” мәҳәллесинде жасаўшы Г.Сырғаеваға майыплық арбашасы тапсырылды.

Дерек: Социаллық қорғаў миллий агентлиги
Қарақалпақстан Республикасы басқармасы