2024-жыл 12-март күни Социаллық қорғаў миллий агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасында раён (қала)лардағы “Инсан” социаллық хызметлер орайының бас социаллық хызметкерлери ҳәм супервайзерлери ушын оқыў-семинары өткерилмекте.

Бүгин оқыў-семинарының 2-күнинде бағдарламаға тийкар, тыңлаўшыларға баҳалаў өткериўде социаллық хызметкерлер пайдаланыўы мүмкин болған методлар, Еко-карта ҳәм генограмма менен ислесиў бойынша кең түсиниклер берилмекте.

Дерек: Социаллық қорғаў миллий агентлиги
Қарақалпақстан Республикасы басқармасы