Елимизде майыплылығы болған ҳаял-қызлардьщ белсендилигин қоллап-қуўатлаў, олардың ҳуқық ҳәм мәплерин тәмийинлеў, жәмийетте өз орынларын табыў, билим ҳәм кәсип ийелеў, өнерментшилик ҳәм исбилерменликти раўажландырыў ең тийкарғысы спортқа қамтып алыў жумыслары әмелге асырылмақта.

Жулдыз Ешимова 2018-2022-жыллары Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде майыплығы болған шахсларды қосымша 2 пайызлы мәмлекетлик грант квоталары тийкарында тәлим алған.

Мәмлекетимизде дене тәрбия ҳәм спортты раўажландырыў, паралимпияданы және де ен жайдырыў, майыплығы болған шахслар саламатлығын беккемлеў ең тийкарға ўазыйпалардың бири есапланды.

Жулдыз Ешимова 1997-жыл Хожели районында туўылған. Балалығынан II топар майыбы. Ол спорттың аўыр атлетика түрине меҳир қойды.

Көп ўақыт өтпей өз үстинде турақлы түрде шуғылланған ол Ташкент қаласында болып өткен аўыр атлетика жарысында қатнасып, 3-орынды, ал 2023-жылы Олимпиада ҳәм паралимпия оқ атыў түри бойынша Қарақалпақстан Республикасы жарысында 1-орын ийеледи.

Жулдыз Нөкис қаласындағы «Моно Орайы» майыплығы болған шахслар ушын бепул шөлкемлестирилген Компьютер саўатханлығы бойынша 2 айлық оқыў курсыны табыслы тамамлап сертификат алды.

Ҳәзирги ўақытта Өзбекстан Майыплар Ассоциациясы Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлиминде шөлкемлестириў жумыслары бойынша қәнийгеси. Ассоциацияның искерликлерин асырыў ҳәм шөлкемлестириў жумысларын жоқары дәрежеде өткизиўине жуўапкер хызметкери.

Ол Ассоциациямыздың ең белсенди ҳәм қәбилетли хызкерлериниң бири. Итибарлы тәрепи, излениўши, майыплығы болған шахслар ушын жетерли имканият  жаратылған усы дәргайда Қарақалпақстан Республикасындағы жеке жәрдемге мүтәж инсанлар ушын ҳәрекетленип атырған мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер менен биргелигинде өткерилген конференция ҳәм түрли илажлардың белсенди қатнасыўшысы.

– Мақтаныш пенен айта аламан Жулдыз өзиниң кәсип көнликпесин раўажландырыў ҳәм қоллап-қуўатлаў, кәсибине болған мухаббатыны спорт менен үйғынластырып бәрҳамма жумысына пидайылық ҳәм жуўапкершилик пенен қарайды, – дейди Өзбекстан Республикасы майыплар Ассоциациясы Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими баслығы Жаббар Нарбаев.

Тынып-тыншымайтуғын Жулдызға әўмет тилеймиз.

Саламат АВЕЗОВ,
Өзбекстан Майыплар Ассоциациясы
Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими қәнигеси.

Дерек: «Қарақалпақстан жаслары» 28-март, 2024-жыл. №12 (8288)