Социаллық қорғаў миллий агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен мәҳәллелерде комплекс социаллық хызмет көрсетиўши хызметкерлер ушын 3 күнлик оқыў-семинары өткериў режелестирилген еди.

2024-жыл 28-март күни Нөкис қаласында өткерилген оқыў-семинарында мәҳәллелерде өз искерлигин баслап атырған социаллық хызмет көрсетиўши хызметкерлерге социаллық хызметкер, бас социаллық хызметкер ҳәм супервайзердиң тийкарғы ўазыйпалары, сондай-ақ, баҳалаў ҳәм кейс-менежмент бойынша кең түсиниклер берилди.

Әмелий шынығыўлар, интерактив ойынлар арқалы қатнасыўшылардың билимлери беккемленди.

Еслетип өтемиз, оқыў-семинары Қоңырат, Шымбай ҳәм Елликқала районларында даўам етеди.

Дерек: Социаллық қорғаў миллий агентлиги
Қарақалпақстан Республикасы басқармасы