2024-жыл 31-июль күни Өзбекстан Майыплар Ассоциациясы Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими, Қарақалпақстан Республикасы Социаллық Инсфекция басқармасы менен биргеликте Нөкис қаласында жайласқан "Mega Star" Саранша автовокзал ҳәмде Арқа батыс автовакзалында мониторинг жумысларын алып барды.

Мониторинг мақсети майыплығы болған шахсларға қолайлы ҳәмде тосықсызларсыз орталық жаратылған шараятлардың талап дәрежесине сәйкеслигин үйрениў бойынша жәмийетшилик қадағалаў жумысларын алып барыў.

Мониторинг жумыслары даўамында майыплығы болған шахсларға жаратылған шараятлардың талап дәрежесинде емес екенлиги, яғный  пандуслар барлығы, бирақ пандусқа дейинги аралық тосықлардың бар екенлиги, көрсеткиш белгилердиң жоқлығы, ҳәжетханалардың майыплығы бар адамлар ушын қолайлық жаратылмағанлығы анықланды.

Жәмийетшилик қадағалаўға Қарақалпақстан Республикасы Социаллық Инсфекция басқармасы, Өзбекистан мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкеми Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими ҳәмде Өзбекстан Майыплар Ассоциациясы Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими жуўаплы қәнигелери қатнасты.

Дерек: Өзбекстан Майыплар Ассоциациясы
Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими