Алдын хабар бергенимиздей, Социаллық қорғаў миллий агентлигиниң Мүрәжатлар менен ислесиў бөлими баслығы З.Хамраходжайева барлық район (қала) “Инсан” социаллық хызметлер орайларында мүрәжатлар менен ислесиў жағдайларын үйренип шықты.

Буннан тийкарғы мақсет орынларда пуқаралар мүрәжаты менен ислесиў, мүрәжатларды өз ўақтында үйрениў, көшпели қабыллаўлардың дурыс ҳәм нәтийжели шөлкемлестирилиўин қадағалаў болып есапланады.

5 күн үйрениў даўамында барлық “Инсан” орайларының мүрәжатлар менен ислесиў жағдайы толық үйренилип шығылып, үйрениў жуўмағы менен Агентликтиң Қарақалпақстан Республикасы басқармасында мәжилис өткерилип, жетискенликлер ҳәм жол қойылған кемшиликлер додаланды.

Басқарма баслығы С.Данияров өз ўазыйпасын жақсы алып барып атырған хызметкерлер хошаметлениўин айтып, айтылған кемшиликлерди сапластырыў бойынша орай директорларына тапсырмалар берди.

Мағлыўмат орнында, жыл басынан бүгинги күн ҳалатына Агентликтиң Қарақалпақстан Республикасы басқармасы ҳәм барлық “Инсан” орайларына жәми 6 365 мүрәжат келип түскен болып, соннан 5 563 мүрәжат қанаатландырарлы шешимин тапқан.

Дерек: Социаллық қорғаў миллий агентлиги
Қарақалпақстан Республикасы басқармасы