Бүгинги күнде район (қала)лардағы “Инсан” социаллық хызметлер орайлары тәрепинен пуқараларымызға 100 ден аслам социаллық хызметлер көрсетилип келинбекте.

Усы хызметлер бойынша пуқараларымыз тәрепинен “Инсан” социаллық хызметлер орайларына болып атырған ең көп мүрәжатлар анализ етилип, бул бойынша үгит-нәсият илажларын әмелге асырыў белгилеп алынды.

2024-жыл 25-октябр күни өткерилген илаждың мақсети мине усы мүрәжатлар бойынша яғный социаллық напақалар, санаторийларға жоллама алыў, “Сақаўат ҳәм көмек” фонды қаржыларынан жәрдем көрсетиў, майыплығы болған шахсларды реабилитаcия қылыўдың техникалық буйымлары менен тәмийинлеў сыяқлы бағдарларда пуқаралардың ҳуқықый саўатқанлығын асырыў болып есапланады.

Илажды Басқарма баслығы С.Данияров кирис сөз бенен ашып берди ҳәм дәслеп Агентлик, “Инсан” орайларының ўазыйпалары, алып барып атырған жумыслары бойынша айтып өтилди.

Тийкарғы бөлимде болса жоқарыдағы бағдарлар бойынша таярланған арнаўлы роликлер қатнасыўшылар нәзерине усынылды ҳәм қәнигелер тәрепинен кең түрде түсиниклер берилди.

Дерек: Социаллық қорғаў миллий агентлиги
Қарақалпақстан Республикасы басқармасы