Нөкис мәмлекетлик техника университетинде өткерилиўи режелестирилген «Жасыл экономика ҳәм экологиялық турақлылықты тәмийинлеўде жасалма интеллекттиң роли» атамасындағы республикалық илимий-әмелий конференция биринши мәрте шөлкемлестирилди.

Конференцияда университеттиң профессор-оқытыўшылары, ғәрезсиз излениўшилери, таяныш докторантлары, магистратура тыңлаўшылары ҳәм бакалавриат студентлери қатнасты.

Илажды университеттиң Илимий ислер ҳәм инновациялар бойынша проректоры М.Артиқбаев ашып берип, бул конференция экология ҳәм заманагөй технологиялар кесилиспесинде алып барылып атырған изертлеўлер ушын әҳмийетли илимий майдан екенин атап өтти.

Буннан соң қутлықлаў сөзлери Программалық инжиниринг кафедрасы баслығы, профессор Н.Утеулиев, Оқыў ислери бойынша проректор Р.Өтениязов, сондай-ақ, факультет деканы С.Алланиязовлар өзлериниң шығып сөйлеўлеринде жасыл экономикаға байланыслы басламаларды қоллап-қуўатлаў, жасалма интеллекттиң экологиялық нәтийжелиликти арттырыўдағы имканиятлары ҳәм илимий бирге ислесиўди күшейтиў мәселелерин атап өтти.

Онда баянатшылар өзлериниң илимий жумыслары ҳәм изертлеў нәтийжелерин усынып, жасалма интеллекттиң экологиялық процесслерди нәтийжели басқарыўдағы орны бойынша әҳмийетли мағлыўматларды баян етти.

Жалпы сессиядан соң конференция өз жумысын сектор мәжилислери көринисинде даўам еттирип, жәми 6 секторда қатнасыўшылар темалар бойынша өз алдына баянатлар менен қатнасып, илимий пикир-усынысларды додалайды.

Яғный, "Компютер илимлери" факультети Программалық инжиниринг қәнигелиги 1-курс магистранты балалығынан II топар майыбы С.Авезов еркин тыңлаўшы сыпатында қатнасқан болса, усы факультеттиң 1-курс магистранты Авилханова Балауса «Тәбийий тилди таллаў модельлери ҳәм алгоритмлери анализи» атамасындағы баянаты бойынша 1-шуба – Математикалық модельлестириў ҳәм есаплаў математикасы пәнинде қатнасты.

– Тәбийий тилди қайта ислеў (NLP) алгоритмлери инсанның тил мағлыўматларын, соның ишинде, структураланбаған текст ҳәм мағлыўматларды қайта ислеўге жаңалық жаратыў мақсетинде өзимниң баянатымды иследим. Яғный, статистикалық модельлер машиналарға инсан тиллерин оқыў, түсиниў ҳәм мәнис алыў имканиятын береди, – дейди 1-курс магистранты Б.Авилханова.

Конференцияда көтерилген мәселелер бойынша профессор-оқытыўшылар өзлериниң тийисли пикир-усынысларын улыўмаластырды ҳәм илаж шөлкемлестириўшилерине конференцияны жоқары дәрежеде шөлкемлестириўдеги жумысы ушын миннетдаршылық билдирилди. Секторларда баянат пенен қатнасқан қатнасыўшылар болса сертификатлар менен сыйлықланды.

Саламат АВЕЗОВ,
Нөкис мәмлекетлик техника
университетиниң магистранты.

Дерек: «Қарақалпақстан жаслары»
4-декабрь, 2025-жыл. №49-50 (8373)