Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 12-сентябрь күнги «Халықтың кем тәмийинленген қатламын қоллап-қуўатлаўдың қосымша ис-илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-3268-санлы қарарына муўапық, район ҳәкими орынбасары, ҳаял-қызлар комитети ҳәмде кәсиплик аўқамлары шөлкемлери менен район аймағындағы кем тәмийинленген, социаллық қорғаўға мүтәж қатламын материаллық ҳәм руўхый жақтан жақтан қоллап-қуўатлаў, жәмийетте өз-ара дослық, татыўлық, меҳир-ақыбет ҳәм кеңпейиллик орталығын жәнеде беккемлеў бойынша қайырсақаўатлық илажлары әмелге асырылмақта.

Қайырсақаўатлық илажлары негизинде, аймақларды үйрениў барысында анықланған мүтәжликлери тийкарында, Қанлыкөл районы «Бескөпир» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жасаўшы 2-топар майыбы Бабажанова Ақсынгүлге заманагөй тигиў машинасы ҳәмде тигиўшилик материалы тапсырылды.

Бундай қайырсақаўатлық илажлары район аймағында даўам етпекте.

Дерек: Қанлыкөл районы ҳәкимлигиниң жаңалықлар порталы