«Темир дәптер»ге киргизилген 173 шаңараққа азық-аўқат өнимлери тарқатылды

Нөкис қаласындағы 15 мәкан пуқаралар жыйынлары биринши секторға бириктирилген. Нөкис қаласы ҳәкимлиги тәрепинен бул  мәкан пуқаралар жыйынларында жасаўшы «Темир дәптер»ге киргизилген, социаллық жәрдемге мүтәж, кем тәмийинленген, майыплығы болған шаңарақлардың жасаў шараятын жақсылаў бойынша ис-илажлар әмелге асырылмақта.

Буған мысал ретинде, ҳәкимлик тәрепинен «Темир дәптер»ге киргизилген 173 шаңараққа азық-аўқат өнимлерин тарқатылғанын айтып өтиў орынлы. Яғный,  қаладағы «Жайхун» (21), «Наўрыз» (18), «Темир жол» (17), «Жипек жолы» (16), «Жаңабазар» (14), «Берекет» (15), «Бес төбе» (12), «Жеке терек» (12), «Наўкан бағ» (11), «Қызыл қум» (9), «Жуўазшы» (8), «Қаратаў» (6), «Нәўәҳәр» (6), «Дәрбент» (4), «Гузар» (4) МПЖларында жасаўшы кем тәмийинленген шаңарақларға жәми 1 тонна 160 кг ун, 193 л. ақ май, 483 кг гречка ҳәм сут өнимлери берилди.

Дерек: Нөкис қаласы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети