Усы жылдың 17-Май күни Мойнақ районы Мәденият сарайында "Меҳир қуяшынан бахыт тапқан инсанман" атамасындағы қайыр сақаўат концерт бағдарламасы болып өтти.

Концерт бағдарламасына бир топар майыплығы болған талантлы жаслар ҳәм эстрада жулдызлары өзлериниң қосық ҳәм аяқ ойынлары менен қатнасты. Бағдарлама даўамында майыплығы болған ҳаял-қызлар тәрепинен дөретилген қол өнерлери көргизбеси ҳәм район тарийхын үйрениў мақсетинде музейлерге саяхатлар шөлкемлестирилди.

Концерттиң болып өтиўинде №10-санлы көзи әззи ҳәм шала көриўши мектеп интернаты, №4-санлы гереңлер мектеп интернаты, “Өзбекистан арнаўлы олимпиадасы” жәмийет бирлеспеси Қарақалпақстан бөлими, Жумыстан ҳәм аўрыудан болған майыплар бирлеспеси, Өзбекстан Республикасы герең-сақаўлар жәмиети Қарақалпақстан Республикасы бөлими, Өзбекстан Республикасы көзи әззилер жәмиети Қарақалпақстан Республикасы басқармасы, Өзбекстан Республикасы майыплар ассоциациясы Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими ҳәм бир топар волонтёр жаслар өз үлесин қосты.

Қәўендерлер: Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, Нөкис қаласы ҳәм Мойнақ районы ҳәкимлиги, Мойнақ районы Мәденият бөлими, "Сладкий мир", "Айдын әўлад" Жуўапкершилиги шекленген жәмийетлер ҳәм ата-аналар.

Дерек: Өзбекстан Майыплар Ассоциациясы
Қарақалпақстан республикасы аймақлық бөлими