Президентимиздиң Қарақалпақстан Республикасына ҳәр бир сапары халқымызға әсиресе жасларымызға бурын болмаған үлкен жаңалықлар алып келмекте. Президентимиз «Ҳәр жылы Қарақалпақстандағы 6500 жастың мәмлекетлик жоқары оқыў орынларына қосымша қабыллаў параметрлери тийкарында қабыл етилиўи тәмийинленеди»,-деген еди. Бул хабар елимиздиң ҳәр бир шаңарағы ушын дерлик ең қуўанышлы жаңалық болып кирип барды. Жоқары оқыў орнына ҳүжжет тапсырып, ең билимли жаслар қатарына қабыллансам деген арзыў-әрманлар жетегинде жүрген ҳәр бир жастың оқыўға ықласын және де арттырғаны ҳақыйқат.

Мине, ҳәр бир абитуриенттиң бир жыл бойы күткен пайыты да келди. Жоқары оқыў орынларында қабыллаў комиссиялары ѳз жумысын баслады. Быйылғы 2023-2024-оқыў жылы ушын абитуринетлер 20-июнь сәнесинен баслап 20-июльге шекем ҳүжжет тапсырыўына болады. Шет тилинен кәсиплик (дѳретиўшилик) имтихан тапсырыўшы абитуриент болса 10-июльға шекем ҳүжжет тапсырыўы мүмкин. Сондай-ақ, абитуриент ѳзи қәлесе оқыў орнына барып ҳәлек болмай, my.dtm. ямаса uz my.gov.uz сайтлары арқалы онлайн тәризде ҳүжжет тапсырыўына да болады.

Жасларымыздың арасында халықаралық пән олимпиадасы жеңимпазлары болып ҳәм қәнигелестирилген мектеп питкериўшилериниң жоқары жетискенликлери менен де студент болыў бахтына ерисип атырғанлары да жүдә қуўанышлы. Әсиресе шет тиллерин үйрениўге беккем бел байлап, халықаралық сертификатлар ийеси болып атырған мектеп питкериўшилери бүгинги жасларымызға қаратылып атырған имканиятлардан утымлы пайдаланып атырған ең қәбилетли, зейинли, билимли жаслар дегиң келеди.

Бизиң республикамызда алдынлары тек ғана еки-үш ғана жоқары оқыў орны бар болған болса, ҳәзирги ўақытта, олардың саны әдеўир артты. Жоқары оқыў орынлары филиаллары соның менен бирге жаңа мәмлекетлик емес жоқары оқыў орынлары да ашылмақта. Жасларымызға және де қолайлықлар жаратыў мақсетинде олар ушын сыртқы ҳәм кешки бѳлимлер де ашылған болып, ѳндиристен қол үзбей, билим алыўына да болады. Абитуриент бир ўақыттың ѳзинде бир неше жоқары оқыў орнын таңлай алады. Бундай қолай имканиятты ҳеш бир жас қолдан бермесе керек. Тек ғана дѳретиўшилик имтихан тапсырыўшы қәнигеликтеги абитуриентлер бир жѳнелисти таңлаўы белгилеп берилген.

Быйылғы абитуриентлер ушын жақсы жаңалық бар. Усы жылдан баслап мектеп питкериўшилериниң шаҳадатнамасындағы он бир жыллық тәлимниң соңғы алты жыллық баҳалары жоқары оқыў орнына кириўдеги баллға қосылады. Баҳалар электрон платформалар арқалы есапланады ҳәм мәмлекетлик тест орайының «Абитур» бѳлимине жибериледи. Кириў имтиханларына ең жоқары балл топлаған 200 студентке Президент гранты бериледи.

Инсан қәдири ҳәмме нәрседен үстин болған бизиң елимизде абитуриентлердиң социаллық турмыс, шаңарақлық жағдайы да итибардан шетте қалмаған. Министрлер Кабинетиниң арнаўлы қарары менен тастыйықланған критерияға тийкарланып, айырым ҳаял-қызлар жоқары оқыў орнына кириўине усыныс бериледи. Яғный мүтәж шаңарақлардағы ҳаял-қызлардың жоқары оқыў орнына кириўге мәмлекетлик грант тийкарындағы қабыллаў шеңбериндеги таңлаўда қатнасыў ушын усыныс бериледи.

Абитуриент мәмлекетлик тест сынағында қатнасыў ушын базалық есаплаў муғдарының 50 проценти муғдарында тѳлем тѳлейди. Май айынан баслап базалық есаплаў муғдары 330 мың сум етип белгиленген ҳәм абитуриент буның ярымын-165 мың сум муғдарында тѳлем тѳлейди. Булардың арасында мектепти усы жылы тамамлаған питкериўшилер, майыплығы болған шахслар, меҳрибанлық үйи балалары, балалар қалашасының питкериўшилери, «Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри» мәлимлеме системасын дизимге алынған шахслар ҳәм олардың перзентлери ҳәм «Жаслар дәптери»нде дизимде турыўшы жаслар кириў имтиханында қатнасыў ушын тѳлем тѳлемеўи белгилеп берилген.

Ѳз алдына анық мақсет қойып, жоқары оқыў орнында студент болыўдай шийрин әрманлар менен жүрген барлық абитуриентлер ушын келешегин белгилеп бериўши шешиўши пурсатлар жақынласпақта.

Ҳәр биримиз мәмлекетлик тест сынағынан табыслы ѳтип, студент болған жаслар ушын қуўанамыз. Себеби, олар-ертеңги-келешегимиз. Студент болыў бахтына тек ғана кѳп оқыў ҳәм излениў менен ерисиледи. Билимли жаслардың қатары кѳбейе бериўине тилеклеспиз. Бүгинги абитуриент ушын ҳәр бир саат, минут ғәниймет екенин түсинемиз. Билимиңиз бенен бирге әўметиңиз де жолдасыңыз болсын, деймиз.

Жумагүл ЕМБЕРГЕНОВА.
ѳз хабаршымыз.

Дерек: Qaraqalpaqstan Jasları gazetası