Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги тәрепинен Елликқала районында бириктирилген жаслар ушын кеўил ашар илажлары шөлкемлестирилди.

Алдын хабар бергенимиздей Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёев басшылығында 2023-жыл 11-апрел күни өткерилген видеоселектор мәжилисинде берилген тапсырмалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң 2023-жыл 14-апрел күнги 70-санлы Протоколына тийкар республикамызда ҳәр бир мәҳәлле кесиминде “Жаслар балансы” тийкарында жаслардың социаллық жағдайы, қызығыўшылығы ҳәм машқалаларынан келип шығып, Жаслар менен индивидуал ислеў системасы жаратылмақта.

Жоқарыдағы протоколға тийкар Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлигине социаллық жағдайынан келип шығып “Қызыл” категорияға киритилген Елликқала районыда жасаўшы 37 жас аталыққа бириктирилди.

Сол мүнәсибет пенен бүгин Министрлик тәрепинен Елликқала районында илаж шөлкемлестирилди.

Илажға “Өзбекстан Арнаўлы Олимпиадасы” Республика жәмиетлик бирлеспесиниң Қарақалпақстан бөлими, Балалар ҳәм шаңарақларды қоллап қуўатлаў ассоcиаcиясы Қарақалпақстан аймақлық бөлими, Нөкис қаласындағы "Ишга марҳамат" моноорайы хызметкерлери қатнасты.

Илажди Қарақалпақстан Республиксы Әдиллик министри С.Мамбеткадыров ашып берди. Ол өз сөзинде өмирде қыйналған ҳәм жолын таба алмай атырған жаслар менен индивидуал ислесиў тәртип қағыйдалары ҳәмде усы күнге шекемги жаслар менен ислесиў барысындағы мәселелерге тоқталып, сәўбет барысында жаслардың ата-аналары өз пикир ҳәм усынысларын билдирип өтти.

Илаж барысында жаслардың кеўил кейпиятларын көтериў мақсетинде дәслеп раёнлық мәденият бөлими тәрепинен концерт бағдарламасы шөлкемлестирилди.

Жаслардың белсендилигин еледе арттырыў, олар арасында саламат турмыс тәрзин кең ен жайдырыў ҳәм ғалабалық спортты жәнеде раўажландырыў мақсетинде спорттың шахмат, шашка ҳәм басқада спорт түрлери бойынша жарыслар шөлкемлестирилди.

Илаж соңында шөлкемлестириўшилер тәрепинен жарыс жеңимпазлары сыйлықланды ҳәмде бириктирилген ҳәр бир жасқа кийим-кеншек ҳәм гигиена қураллары тапсырылды.

Бундай илажаларды шөлкемлестириў еле даўам етпекте.

Дерек: Қарақалпақстан Республикасы
Әдиллик министрлиги.