Төрт жылдан бир мәрте өткерилетуғын Халықаралық Жазғы Арнаўлы Олимпиада ойынлары усы жыл Германия мәмлекетинде 9–25-июнь күнлери аралығында болып өтти. Олимпиадаға 190 мәмлекеттен айрықша итибарға мүтәж инсанлардан 7000 нан аслам спортшылары спорттың 26 түринен қатнасты. Бул Жазғы Арнаўлы Олимпиадаға Өзбекстан Арнаўлы Олимпиадасынан 24 спортшы, спорттың жеңил атлетика, бадминтон, стол тенниси, дзю-до, спорт ҳәм көркем гимнастика ҳәм жүзиў түрлеринен қатнасып, өз-ара беллести.

Халықаралық Жазғы Арнаўлы Олимпиада спорт жарысларын өткериўдеги тийкарғы мақсет майыплығы болған инсанларды жәмийеттиң белсенди ағзасы қатарында есаплаў, оларда ҳәмме инсанлар киби тең ҳуқықлы екенлигин сезинип жасаўы сыяқлы көз-қарасларын қәлиплестириўден ибарат.

– Германия мәмлекетинде болып өткен спорт ойынлары жүдә жақсы басланды. Мәмлекеттиң Гифхон қаласында Өзбекстан делегациясы қатнасыўшыларын қабыл етип алып, өз қаласына саяхат шөлкемлестирди. Сол қаланың Мэри (ҳәкими) қала туўралы қызықлы тарийхый мағлыўматлар айтып, спортшыларға мазалы тағамлар таярланып, кеўиллерин көтерди, заўықландырды, алдағы болатуғын жарысларға табыслар тиледи. Соңынан пайтахтына келип, “Берлин-Берлин” мийманханасына жайластырылды.

Спорт ойынлары «Месса» спорт базасында болып өтип 190 мәмлекеттен келген спортшылар менен досласқан түрде беллесиўлерде болдық. Арнаўлы Олимпиада ойынлары басқа спорт жарысларынан түрли қолайлы кеўил көтериўши имканиятлар менен парықланады. Тийкарғы максет: олардың ҳуқықларын қорғаў, денсаўлықларын шыпакерлер көриклеринен өткериў, тексериўлер алып барыў. Бәрше спортшы-атлетлер жети түрдеги медициналық көриктен өткерилди. Бас мийиниң төмен раўажланыўлары себепли ҳәр қыйлы умытшақлык, ашыўшақлық күшли болғанда тынышланыў жолларын үйретип, ҳәр қыйлы логикалық сораў-жуўаплар, ойынлар, саўғалар шөлкемлестирилди. Денсаўлықларындағы нуқсанларға қарап еситиў аппаратлары, көз әйнеклер, китапшалар саўға етилди. Ең тийкарғысы руўхый жағдайын көтериў биринши мақсет еди, мәдений илажлар көбирек шөлкемлестирилип кеўиллери көтерилди, бир-бирине күле шырай менен қарап жүзлеринен қуўанышларын сезиў бизлер ушын ең бахытлы мәўритлер болды, – дейди “Өзбекстан Арнаўлы Олимпиадасы” спорт жәмийетлик бирлеспесиниң Қарақалпақстан Республикасы бөлими баслығы Гүлшат Турсымуратова.

Дүньяның 190 мәмлекетинен 7000нан аслам саламатлығында нуқсаны бар спортшылар арасында қарақалпақстанлы Өмирнияз Нурниязов, Назлымхан Қуўанышбаевалардың болғанлығы қуўандырса, Өмирнияздың бирлик спорт теннисинде 1-орын алтын медаль, ал Назлымханның 3-орынды ийелеп, бронза медалын ҳәм жуплық ойынларда 4-орынға ерисиўи мақтаныш ҳәм қуўаныш болып олардың мийнетиниң жемисин көриў бахтына ерискенин сөз бенен жеткерип бериўимиз қыйын. Спортшыларымыз Англия, Монако, Швейцария, Корея, Сирия, Германия, Польша, Гана ҳәм басқа да мәмлекетлердиң спортшылары менен беллесип өзлериниң руўхый ҳәм физикалық жақтан күшли ҳәм ҳеш кимнен кем емес екенлигин көрсетип, мәмлекетимиздиң байрағын желбиретип үлкен абырай менен қайтып келди.

Нәтийжелер жақсы, табыслар қуўандырады. Бирақ ҳәр қандай жетискенликке ерисиў ушын имканият ҳәм шараят жетерли болыўы керек. Усындай саламатлығында түрли нуқсаны бар инсанларды еле де жәмийеттиң белсенди ағзасы болыўға, келешекке деген исенимин, үмитин арттырыў ушын, олар өз теңлеслери менен болыўында усындай спорт ойынларының жәрдеми көбирек керек екенлиги сезилмекте. Және де Олимпиада ойынларына жылдан-жылға күшлилер ҳәм таярлығы мол спортшылар қосылып атыр. Бизде буған таяр болыўымыз ушын таярлықты бүгиннен баслаўымыз керек. Бул ушын бизге имканият дәрежесинде шараятларға ийе спорт имаратымыз болса, мүтәжлигимиз қанаатландырылса усындай кеўли жарты жасларымыздың кеўиллери көтерилиўине, социаллық орталыққа бейимлесиўине, олардың өзлериниң ҳәм ата-аналарының қуўанышларына ерисер едик. Себеби, олар өз теңлеслерин излейди ҳәм олар менен бирге болғанда ғана қуўанышқа бөленеди. Буны жақында өткерилген спорт ойынларында көбирек түсиндим, – деген Гүлшат Турсымуратованың пикир-усыныслары инабатқа алынып шараятлар жаратылса үлкен жәрдем болар еди.

Қуда қәлесе, төрт жылдан медаллар саны және артады.

Зибира АБДИНИЯЗОВА,
Арнаўлы хабаршымыз.

Дерек: Qaraqalpaqstan Jasları gazetası