Елликқала районында Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министри С.Мәмбетқадыров өзине бириктирилген 37 жастың усыныс ҳәм машқалаларын және бир мәрте үйрениў ҳәм сәўбетлесиў мақсетинде жаслар менен ушырасты.

Ушырасыўда Балалар ҳәм шаңарақларды қоллап-қуўатлаў ассоциациясы Қарақалпақстан аймақлық бөлими баслығы Ш.Асанова, «Өзбекстан Арнаўлы Олимпиадасы» республика жәмийетлик бирлеспесиниң Қарақалпақстан Республикасы бөлими баслығы Г.Турсымуратова, Нөкис қаласындағы «Ишга марҳамат» моноорайы хызметкери М.Алимовлар жаслар менен сәўбетлесип, өзлери жумыс алып барып атырған тараўлары бойынша жасларға жаратылған имканиятлар менен таныстырды.

Ушырасыў жуўмағында Әдиллик министрлиги тәрепинен жасларға әдебий китаплар ҳәм майыплығы болған жасларға кийим-кеншеклер тарқатылды. Сондай-ақ, районлық мәденият бөлими хызметкерлери тәрепинен концерт бағдарламасы, жасларды спортқа кеңнен тартыў мақсетинде шахмат-шашка беллесиўлери ҳәм бир қатар спорт ойынлары өткерилди.

Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтиң басшылығында 2023-жыл 11-апрель күни өткерилген видеоселектор мәжилисинде берилген тапсырмалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң 2023-жыл 14-апрель күнги мәжилис протоколына тийкарланып республикамызда ҳәр бир мәҳәлле кесиминде «Жаслар балансы» тийкарында жаслардың социаллық жағдайы, қызығыўшылығы ҳәм машқалаларынан келип шығып, жаслар менен индивидуал ислесиў системасы жаратылмақта. Социаллық жағдайынан келип шығып «қызыл» категорияға киргизилген Елликқала районында жасаўшы 37 жас Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлигине аталыққа бириктирилди.

Илажда министр С.Мамбетқадыров өмирде қыйналған ҳәм жолын таба алмай атырған жаслар менен индивидуал ислесиў тәртип-қағыйдалары, бул бағдардағы машқалаларға тоқтап өтти. Сәўбетлесиў даўамында жаслардың ата-аналары өз пикир-усынысларын билдирип өтти.

Бундай илажларды шөлкемлестириў және де даўам етеди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Дерек: Qaraqalpaqstan Jasları gazetası