Қарақалпақстан Республикасы Нөкис қаласы Жаслар орайында инклюзив билим орайы өз жумысын баслағанынан еки жыл болған болса, ҳәзирги ўақытта бул жерде 70 ке жақын балалар, жаслар қамтып алынған. Бул инклюзив билим орайына келип билим ҳәм өнер үйренип атырған жаслар қатарында саламатлығында түрли нуқсаны бар жасларда қызығыўшылықларына қарай өнер үйренип бармақта. Еситиўинде кемшилиги бар, ақылый жақтан раўажланыўлары төмен, сөйлеўи толық раўажланбаған ҳәм таяныш ҳәрекетлеринде нуқсанлары бар, өзгениң жәрдемине мүтәж жаслар өнер үйренип атыр.

– Мақсетимиз майыплығы болған инсанларды жәмийеттиң белсенди ағзасы қатарында өзлерин есаплаў ҳәмме қатары билим, өнер үйрениўлерине ҳақылы екенлигин, ертеңги келешегине жақсы үмит ҳәм пикир оятыўымыз керек. Қызларымыз түрли қарақалпақ нағысларына қызығып, үйрениўге ҳәрекет етпекте. Олар өз теңлеслери менен сөйлесип, кеўилленип қызығыўшылықларын көрип, талпынысларынан қуўанамыз, – дейди орай координаторы Гүмисай Раметуллаева.

Елимизде ҳеш бир инсан итибардан шетте қалмағанындай, бул жерде жаслардың кеўилли дем алыўлары ушын ҳәр айда саяхатлар шөлкемлестирилип, Самарқанд, Қашқадәрья, Сурхандәрья ҳәм Ташкент қалаларына қыдыртып, ҳәр қыйлы тәжирийбе алмасыўлар алып барылады.

Буннан басқада орайға темир дәптер, жаслар дәптериндеги ҳаял-қызлар да қол өнерлерин үйренип, өнер сырларын меңгермекте. Олардың толық үйрениўлерине мүмкиншилик ҳәм имканиятлар бар.

Ҳақыйқатында да елимизде инсан қәдири ҳәмме нәрседен үстин екен, өмирден разы болып жасаўы тийис.

Зибира АБДИНИЯЗОВА,
арнаўлы хабаршымыз.

Дерек: Qaraqalpaqstan Jasları gazetası