Қоңырат районы 4-сектор аймағындағы "Наўайы" мәкан пуқаралар жыйыны пуқаралары Жолдасбаева Нурсулыў, Амангелдиева Базаргул, Реймова Рая, Аскарова Индира ҳәм Пирниязова Турдыгуллер 4-басқыш “Ҳаяллар дәптери”ниң социаллық қорғаўға мүтәж жумыссыз ҳаял-қызлар тайпасына киргизилген еди. 3 ай даўамында олар Қоңырат районы “Моно орайы”нда тигиўшилик курсына оқытылып сертификат берилди.

Жақында өнер ийелеген бул ҳаял-қызларға "Науайы" мәкан пуқаралар жыйыны ҳәким жәрдемшиси Ф.Асемов тәрепинен тигиў үскенелери топламлары алып берилди.

Мағлыўмат ушын: Бул ҳаял-қызлар Өзбекстан Майыплар Ассоциациясы Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлиминиң "Сабырлы ҳәм шебер қызлар" атлы грант жойбарының питкериўшилери.

Дерек: Өзбекстан Майыплар Ассоциациясы
Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими