Жақында редакциямызда «Жеткиншек» газетасын трансформация етиў арқалы жаңа контентлерди жаратыў» жойбары шеңберинде «Барлығын билгим келеди» таңлаў жеңимпазларын сыйлықлаў кешеси болып өтти.
Сыйлықлаў кешесин «Жеткиншек» газетасының бас редакторы З.Исакова сөзге шығып, жойбар ҳәм таңлаўдың мақсети ҳаққында сөз сөйледи. Буннан соң, газетаның бөлим баслығы И.Хожамуратова таңлаў барысы ҳәм нәтийжелер бойынша түсиник берди.
Солай етип, нәўбеттеги жеңимпазлар да анықланды. Таңлаўда сораўларға дурыс жуўап берип, жоқары балл менен биринши орынды Нөкис қаласындағы 6-санлы улыўма билим бериў мектебиниң оқыўшысы Данияр Абатбаев ақыллы саат ҳәм “Диплом” менен сыйлықланды.
Сондай-ақ, клублар тийкарында берилген тест, кроссворд ҳәм ребусларда зийреклилик көрсеткен оқыўшылардан: Мойнақ раёнындағы 15-санлы улыўма билим бериў мектебиниң оқыўшысы Арыўхан Қырықбаева, Кегейли раёнындағы 2-санлы улыўма билим бериў мектебиниң оқыўшылары Бекполат Жалғасбаев, Мадияр Хожабаев ҳәм Айсулыў Барлықбаевалар, Кегейли раёнындағы 11-санлы улыўма билим бериў мектебиниң оқыўшысы Улмира Турғанбаева, Бозатаў раёнындағы 11- санлы улыўма билим бериў мектебиниң оқыўшысы Асел Аметова, Нөкис раёнындағы 4-санлы улыўма билим бериў мектебиниң оқыўшысы Тумарис Балтабаева, Қанлыкөл раёнындағы 1-санлы улыўма билим бериў мектебиниң оқыўшысы Мадина Батырбаева ҳәм Нөкис қаласынан Айзия Тилеўбаевалар термост ҳәм газетаның логативи логотиви түсирилген шапка, футболкалары менен хошаметленди.
Кеше соңында муғаллимлер, ата-аналар ҳәм оқыўшылар шөлкемлестириўшилерге өз миннетдаршылығын билдирди.
Дерек: Jetkinshek.uz
Отправить комментарий
Отправить комментарий