Өзбекстан Саўда-санаат Палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен шөлкемлестирилген бул аукционның мақсети «Мириўбет» мектеп-интернатының имкәнияты шекленген ҳаял-қызларын қоллап-қуўатлаўдан ибарат.

Онда ҳаял-қызлар жаратқан өнерментшилик буйымлары, тоқымашылық ҳәм тигиншилик өнимлери, пластик буйымлардан исленген композициялары сыяқлы 30 дан аслам қол мийнетлери аукционға қойылған.

Қол мийнети менен қурамалы усылда исленген «Таўыс» композициясы болса ең жоқары баҳада –  1 650 000 сўмға сатылған ҳәм аукционнан жыйналған жәми қаржы мектеп-интернаттың есап бетине өткерип берилген.

Дерек: KRuz.uz | Рәсмий канал