Қоңырат районы"Рәўшан"аўыл пуқаралар жыйынында "Абат шаңарақ-абат көше-абат мәҳәлле" принциплерин енгизиў бойынша илажлар даўам етпекте.

Исши топар тәрепинен аймақтағы шаңарақларды үйме-үй жүрип, олардың машқала ҳәм усынысларын үйрениў барысында үйинде напақада отырған Базаргүл Жәлекенованың наўқаслығы себепли майыплар арбашасына мүтәжлиги анықланды.

Оған Қоңырат районы "Социаллық хызметлер көрсетиў" орайы тәрепинен майыплар арбашасы берилди. Базаргүл апа мәмлекет тәрепинен көрсетилип атырған бундай итибар ҳәм ғамхорлыққа терең миннетдаршылығын билдирди.

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети.

Дерек: QOŃÍRAT HÁKIMLIGI | Rásmiy kanal