2023- жыл 23-сентябрь күни Өзбекстан Республикасы Майыплар Ассоциациясы Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими ҳәм “Өзбекистан арнаўлы олимпиадасы” жәмийет бирлеспеси Қарақалпақстан бөлими "Шабандозлар мектеби" менен биргеликте майыплығы болған жигит-қызларды руўхый саўалландырыў мақсетинде атлар менен сейил қылыўды шөлкемлестирди.
Бул илажда жигит-қызлар атлар фермасы ҳәм шабандозлар менен жақыннан танысты.
– Спорт пенен турақлы рәўиште шуғулланыў – инсан саламатлығы ушын ең гүриўлиси есапланады. Ал, аттың ҳәрекетлери тәсиринде мускулларымыз ислейди ҳәм және де масланады. Бул яғный сколёз яки артрит ҳәм балалар церебраль ләңи кеселлиги менен қәстеленген адамлар ушын пайдалы дейди – “Өзбекистан арнаўлы олимпиадасы” жәмийет бирлеспеси Қарақалпақстан бөлими баслығы Г.Турсымуратова.
Өз нәўбетинде сейилди шөлкемлестириўде жақыннан жәрдем берген "Шабандозлар мектеби" директоры Ринат Джолдасовқа хәм жақыннан жәрдем берген бир топар кеўиллилерге өз миннетдаршығылығымызды билдиремиз.
Саламат АВЕЗОВ,
Нөкис қаласы.
Отправить комментарий
Отправить комментарий