– Ҳәр бир инсанның балалық дәўири өзгеше ертеклер сыяқлы шийрын әрманларға бай болады. Жаслығымнан спортқа меҳир қойып, мәҳеллемиздеги досларым менен көшелерди шаңғытып футбол ойнап өскенмиз. 

Спорт менен шуғылланыў белсенди болып қалыўдың ең жақсы жолы болып табылады. Солай екен анық мақсетиме спорт арқалы ерисемен, – дейди қаҳарманымыз Хожанияз Ерниязов.

Хожанияз Ерниязов ол 1996-жылы Шымбай районында туўылған. Кеўилсизлик себеп буннан 7 жыл алдын, 20 жасында бир қолынан ажралып қалады.

Кеўилинде бахытлығы ҳәм әтирапындағы жақынларының меҳринен бөленип жасап киятырған Хожанияз 2022-жылдан баслап Жеңил атлетиканың Ядро ылақтырыў түри менен шуғылланып баслайды.

Көп ўақыт өтпей өз үстинде турақлы түрде шуғылланған ол, пайтахтымыздағы Нөкис олимпиада ҳәм паралимпия спорт түрлерине таярлаў орайында Жеңил атлетика Ядро ылақтырыў түри бойынша тәлим алған.

Соны мақтаныш пенен атыўымыз тийис – Хожанияз Ерниязов усы жылдың 2023-2024-оқыў жылы Өзбекстан мәмлекетлик дене-тәрбиясы ҳәм спорт университети Нөкис филиалына майыплығы болған шахсларды қосымша 2 пайызлы мәмлекетлик грант квоталары тийкарында оқыўға қабылланды.

Х.Ерниязов еки жыл даўамында избе-из оқыўға тапсырып кире алмаса да, ол ҳеш қашан кеўилин шөктермеди. Өзин руўхый түскинликтен шығарыў мақсетинде Өзбекстан Майыплар Ассоциациясы Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлимине компьютер қәнийгеси болып жумысқа кирди ҳәм жумыстан бос ўақытларында спорт менен шуғылланып барды.

– 2023-2024-оқыў жылында 1 басқыш студентликке қабыл етилген шәкиртлеримиз менен биргеликте шынығыўларды биринши күнинен-ақ баслап жибердик. Алдымызға қойған режелеримиздиң бири октябрь айында болып өтетуғын Олимпиада ҳәм паралимпия Жеңил атлетика Ядро ылақтырыў түри бойынша жарысына таярлықларды көрип атырмыз. Х.Ерниязов шәкиртлеримнен бири жәҳән ҳәм Олимпиада чемпионлерына қатнасып медаллар алыўына исеним билдиремен дейди, – филиал оқытыўшы Толыбай Арзыбеков.

Жәмийетимизде имканияты шекленген болыўына қарамай, түрли тараўларда үлкен шыңларды ийелип атырған инсанлар кем емес. Сол қатары жоқары шоққаларға ерисиўди мақсет еткен спортшымызға Париж қаласында болып өтетуғын 2024-жазғы XVII паралимпия ойынларында мәмлекетимиз атынан қатнасыўына ҳәм табыс пенен қайтыўына исеним билдиремиз.

Саламат АВЕЗОВ,
Нөкис қаласы.

Дерек: «Қарақалпақстан жаслары»
28-сентябрь, 2023-жыл. №43-44 (8268)