2023-жыл 18-октябр күни Муҳаммед ал-Хорезмий атындағы Ташкент информаcиялық технологиялары университети Нөкис филиалында Нөкис қалалық "Инсан" социаллық хызметлер орайы директоры Г.Аминова мийманда болды ҳәм филиалдағы имканияты шекленген студент-жаслар менен ушырасты.

Ушырасыўды филиал директоры Б.Каипбергенов ашып берди. Оннан соң Нөкис қалалық "Инсан" социаллық хызметлер орайы директоры Г.Аминова 2023-жыл 15-октябрден баслап "Инсан" социаллық хызметлер орайлары шөлкемлестирилгенлиги, усы орайға социаллық қорғаўға мүтәж халыққа ҳәм аўыр аўҳалға түсип қалған инсанларға жәрдем бериў ушын бир қанша ўәкилликлер белгиленлиги ҳәм жаңа системасы жолға қойылғанлығы ҳаққында мағлыўматлар берип өтти.

Дерек: Муҳаммед ал-Хорезмий атындағы
Ташкент информаcиялық технологиялары
университети Нөкис филиалы