2023-жыл 31-октябрь күни Пуқаралық басламаларды қоллап-қуўатлаў орайы Қарақалпақстан аймақлық бөлими тәрепинен “Көзи әззи инсанлардың дүньяны үйрениў имканияты” атамасындағы Мәмлекетлик социаллық буйыртпасының орынланыўын мониторинг етиў жумыслары алып барылды.
Календарь реже тийкарында Нөкис қаласы 10-санлы Республикалық қәнигелестирилген “Нурлы мәкан” мектеп-интернаты муғаллимлери жойбар тренерлери Саламат Реймов ҳәм Абат Досщановлар тәрепинен оқыў ис-режеси ҳәм модуль тийкарында 2 ай даўамында оқытып үйретилди.
Енди арнаўлы "Дисплей" қурылмасында жумыс ислеўди үйренген арнаўлы пән муғаллимлери оқыўшыларды оқытып баслайды. Жойбардың жуўмағында мектеп оқыўшылары арасында "Ким Брайль Дисплейди жақсы меңгерди?" атамасында конкурс өткерилиўи режелестирилген.
Дерек: Пуқаралық басламаларды қоллап-қуўатлаў орайы
Қарақалпақстан аймақлық бөлими
Отправить комментарий
Отправить комментарий