Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2021-жылы 19-ноябрде «Халықтың санаторияларда емлениўи ушын жолланбалар бериў тараўына хабар-технологияларын енгизиў хаққында»ғы қарар қабыл етилген болып, усы қарарға тийкар бул хызмет бойынша 2022-жылы 1-октябрь сәнесинен баслап тек ғана физикалык шахслар мәмлекетлик хызметлер орайы ямаса Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы арқалы мүрәжәт етиў белгиленген.

Өзбекстан Республикасы медициналык-социал хызметлерди раўажландырыў агентлиги системасындағы нураныйлар, майыплығы болған шахслар, урыс хәм мийнет ветеранлары ушын санаторияларға жолланбалар төмендеги тәртипте бериледи.

Ҳәр жылы нәўбет тийкарында

– урыс майыплығына теңлестирилген шахсларға;

– Республикалык әҳимийетке ийе жеке напақа алыўшы шахслар;

– Чернобль АЭС нәтийжесинде нурланыў кеселлигине ушыраған ҳәм оны басынан кеширген шахслар сондай-ак майып болып калғанлар;

– Ядро полигонлары ҳәм баска радиация–ядро объектлеринде әскерий хызметте болған пенсия жасындағы шахслар;

– Өзгелер қарамағына мүтәж жалғыз болған нураныйлар;

Ҳәр 2 жылда бир мәрте

– урыс қатнасыўшыларына теңлестирилген шахсларга;

– қайтыс болған урыс қатнасыўшыларының жаңадан некеден өтпеген жесир ҳаял (күйеўи);

– 1-2 топар майыплылғы болған шахслар ҳәм көзи әззи 1-топар майып шахсларды жетеклеўши шахсқа;

Ҳәр 3 жылда 1 мәрте

– Жасқа байланыслы пенсия алыўшыларға бериледи.

Жолланбалар нураныйлар ҳәм майыплығы болған шахсларға 12 күнге, жолланбалардың әмел қылыў мүддети басланыўынан 10 күн алдын (тыянақлы себеплерге көре қайтарылған жолланбалар буннан тысқары ) бериледи. Жолланба алыў ушын нәўбетке қойылған шахс жолланбадан пайдаланбағанда электрон дизимнен шығарылады ҳәм дизим жаңаланады.

Жолланбалар санаториялардағы бар болған орынлардан келип шығып бюджет тәрепинен ажыратылған қаржылары шеңберинде нәўбет тийкарында бериледи.

2-мәселеси яғный қызының семьялық жағдайына байланыслы бағыўшысын жоғалтқанлық ҳаққында пенсия тайынланыўы бойынша;

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң «Социаллық қорғаўға мүтәж айырым тайпадағы пуқараларға пенсия белгилеў бойынша мәмлекет хызметлерин көрсетиўдиң басқарыў регламентин тастыйықлаў туўрысында»ғы қарарына тийкар;

Социаллық қорғаўға мүтәж айырым тайпадағы пуқараларға пенсия белгилеў бойынша мәмлекет хызметлерин көрсетиў 2021-жыл 1-августтан баслап әмелге киритилген болып, бағыўшысын жоғалтқанлық пенсиясын белгилеўди сорап пенсия алыў ҳуқықына ийе болған шахс қайтыс болған күннен баслап алты ай ишинде мүрәжәт етилген болса, пенсияны алыў ҳуқықы пайда болған күннен баслап тайынланады.

Қалған барлық жағдайларда пенсия мүрәжәт етилген күннен баслап тайынланады.

Заирбай Джумабаев, Тақыятас районы Әдиллик бөлими мәмлекетлик хызметлер орайы директоры.

Дерек: Qaraqalpaqstan Jasları gazetası