Әмиўдәря районында “Өзбекстан – 2030 стратегиясы” ҳәмде “Жаңа Өзбекстанда халықты социаллық қорғаў, инсанның ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерин исенимли қорғаў мәселелери” темасында “Омбудсман мектеби” илажы өткерилди.

Оған бирге ислесиўши мәкеме, кәрхана ҳәм ҳуқықты қорғаў органлары ўәкиллери менен бирге Социаллық қорғаў миллий агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасынан басқарма қәнигеси Б.Илясов қатнасты.

Илажда сөзге шыққанлар Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 11-сентябр күнги “Өзбекстан - 2023” стратегиясы ҳаққында”ғы ПП-158-санлы ҳәм 2023-жыл 1-июн күнги “Халыққа сапалы социаллық хызмет ҳәм жәрдем коърсетиў ҳәмде оның нәтийжели қадағалаў системасын жолға қойыў бойынша комплекс ийис-илажлар ҳаққында”ғы ПП-82-санлы пәрманларының мазмун әҳмиети, мақсет ҳәм ўазыйпалары ҳаққында айтып өтти.

Дерек: Социаллық қорғаў миллий агентлиги
Қарақалпақстан Республикасы басқармасы