Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Социаллық қорғаў миллий агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасында бирге ислесиўши министрлик, мәкеме ҳәм шөлкем қәнигелери қатнасыўында Физикалық ҳәм ақылый раўажланыўында кемшилиги болған балалар менен ислесиў, айрықша билимлендириўге зәрүрлиги бар болған балалардың тәлим алыўын қадағалаў бойынша мәжилис өткерилди.

Мәжилисти басқарма баслығы С.Данияров алып барды. Күн тәртибиндеги мәселе бойынша физикалық ҳәм ақылый раўажланыўында кемшилиги бар болған балаларды анықлаў ҳәм олар менен индвидуал ислесиў, жеке түрде тәлим алып атырған балалар менен әмелге асырылып атырған жумыслар додаланды.

Соң Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң “Айрықша билимлендириўге зәрүрлиги бар балалардың били алыўын шөлкемлестириў ҳәм реабилитаcия қылыў системасын жетилистириў ис-илажалары ҳаққында”ғы қарар жойбары таныстырылды.

Қарар жойбарына көре, 2024-жыл 1-августтан баслап Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў министрлиги қурамындағы айрықша билимлендириўге зәрүрлиги бар балалар ушын қәнигелестирилген мектеплер ҳәм мектеп-интернатлар, көп тармақлы қәнигелестирилген мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери ҳәмде қәнигелестирилген оқыў-тәрбия орынлары Социаллық қорғаў миллий агентлиги қурамына өткерилиўи белгиленген.

Сондай-ақ соcиаллық қорғаўға мүтәж балалар бойынша мағлыўматларды еле де анықластырыў, олар менен мәнзилли жумысларды әмелге асырыў бойынша реже дүзип алынды.

Дерек: Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Социаллық қорғаў миллий агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы