Нөкис районы Әдиллик бөлими ҳәм Мәмлекетлик хызметлер орайы хызметкерлери тәрепинен “Дийхан-арна” мәкан пуқаралар жыйынында көшпели қабыллаў өткерилди.

Қабыллаўда Нөкис районы Әдиллик бөлими хызметкери тәрепинен “Дийхан-арна” мәкан пуқаралар жыйыны Нөкис районында жынаятшылық бойынша “қызыл” категорияға киритилгенлигин, соның тийкарында эр жетпеген шахслар ҳәм жаслар ортасында ҳуқықбузарлық ҳәм де жынаятшылықтың алдын алыў бойынша жумыслар нәтийжелилигин арттырыў илажларын көриў кереклигин, бул бойынша мәҳәлледе жаслар менен ислеў мәселесин муўапықластырыў бойынша республика комиссиясының мәжилиси болып өткенлигин айтып өтти.

Сондай-ақ, мәҳәлледе “Ҳуқықый мәлимлеме күни” жойбары тийкарында сентябр-декабр айларында соcиаллық руўхый орталық турақлылығын тәмийинлеў, ҳаял-қызлар ҳәм жаслар ортасында түрли унамсыз жағдайлардың алдын алыў бойынша түсиндирип өтти.

Буннан соң, Өзбекстан Республикасы Президентиниң “Өзбекстан-2030 стратегиясы ҳаққында"ғы ПФ-158-санлы Пәрманы ҳәм де “Өзбекстан-2030” стратегиясын 2023-жылда сапалы ҳәм өз ўақтында әмелге асырыў иләжлары ҳаққинда"ғы ПҚ-300-санлы қарары, “Қарақалпақстан Республикасы халқын соcиаллық қоллап-қуўатлаў ҳам де физикалық шахслар тәрепинен қурылған уй-жайларға болған ҳуқықларын белгилеў ҳаққында”ғы ПФ-119-санлы Парманы ҳаққында ҳуқықый түсиник жумысларын алып барды.

Соның менен бирге, Әдиллик министрлиги тәрепинен усы жылдың 20-октябр күнинен 20-ноябр күнине шекем “Майыплығы болған пуқаралардың ҳуқықларын қорғаў” бойынша ҳуқықый акcиясы жәриялғанлығын, акcия шеңберинде майыплығы болған пуқаралардың ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин тәмийинлеў, оларға жаратылған имканиятлар ҳаққында ҳәм де жаңадан қабыл этилген Конституcия ҳәм ондағы инсан мәпин гөзлеп киритилген өзгерислер, әсиресе, мәжбүрий мийнет, балалар ҳуқықлары, ҳаял-қызлар ҳуқықлары ҳәм де халықты соcиаллық жақтан эле де қоллап-қуўатлаў бойынша киритилген өзгерислер ҳәм сол тийкарда мәмлекетимизде алып барылып атырған кең көлемли реформалардың мазмун-мәнисин кеңнен түсиндирип өтти.

Ушырасыў даўамында мәмлекетлик хызметлер орайы хызметкери тәрепинен мәмлекетлик хызметлерден орайға барып жүрместен үйлеринде отырған ҳалда мй.гов.уз бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталынан пайдаланыў тәртибин түсиндирди. Бул өз гезегинде пуқаралардың артықша ўақытын ҳәм артықша қаржыларының тежелетуғынлығын айтып өтти.

Пуқараларымызға жаратылған және бир қолайлықлардан бири, бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталынан “Мобиле-ИД” системасынан дизимнен өткен ҳалда пайдаланылсы бул өз гезегинде мәмлекетлик хызметлерден электрон санлы қолтаңбасыз пайдаланыў имканияты жаратылды ҳәмде исбилерменлик бенен шуғылланбақшы болған пуқараларға, юридикалық субект ҳәм жеке тәртиптеги исбилерменлик субектлери ҳаққында ҳәмде дизимнен өтиў тәртиплери ҳаққында кең түрде түсиниклер берип өтти.

Мәмлекетлик хызметлер орайы тәрепинен “Өзимиз келдик” жойбары тийкарында сол жердиң өзинде көшпели тәртипте 12 түрдеги мәмлекетлик хызметлер көрсетилди.

Нөкис районы Әдиллик бөлими

Дерек: Әдиллик жаңалықлар