Усы жылдың 6-ноябрь күни Нөкис қаласында жайласқан Жаслар орайы имаратында Социаллық қорғаў миллий агентлиги тәрепинен “Социаллық хыметкерлер искерлигиниң жолға қойылыўы” атамасында оқыў-семинары өткерилди.

Оқыў-семинарын Агентликтиң Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы С.Данияров кирис сөз бенен ашып берди ҳәм оқыў-семинарының мақсет ҳәм ўазыйпалары менен таныстырып өтти.

Оннан соң Социаллық қорғаў миллий агентлиги директорының кеңесгөйи Ш.Аскаров ҳәм бас қәнийгеси Ө.Номозбоевлар тәрепинен мәҳәллелерде жаңадан шөлкемлестирилип атырған Социаллық хызметкерлердиң роли, олардың ўазыйпа ҳәм ҳуқықлары, профессионал Социаллық хызмет көрсетиўдиң шөлкемлестирилиўи, Социаллық хызмет ҳәм жәрдемлер бойынша кең түрде түсиниклер берилди.

Оқыў-семинары даўамында қатнасыўшылар өзлериниң қызықтырған сораўларына жуўаплар алды.

Мағлыўмат орнында соны айтып өтиў керек, “Инсан” Социаллық хызметлер орайлары эксперимент сыпатында Республика бойынша 28 қала ҳәм районларда ашылған болса, Қарақалпақстан Республикасында Беруний ҳәм Хожели районларында өз искерлигин баслады.

Күни кеше Хожели районында “Инсан” Социаллық хызметлер орайының ашылыў мәресими өткерилди.

Дерек: Социаллық қорғаў миллий агентлиги
Қарақалпақстан Республикасы басқармасы