Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлигинде “Майыплығы болған шахслардың ҳуқықларын қорғаў” ҳуқықый акциясы өткерилди.

Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги тәрепинен усы жылдиң 20-октябринен 20-ноябрь сәнесине шекем “Майыплығы болған шахслардың ҳуқықларын қорғаў” ҳуқықый акциясы өткизилиўи белгиленген еди.

Усы мүнәсибет пенен Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлигинде “Майыплығы болған шахслардың ҳуқықларын қорғаў” ҳуқықый акциясы өткерилип, акция шеңберинде майыплығы болған шахслардың машқалаларын үйрениў ҳәм олардың шешимин табыў арқалы пуқараларға ҳуқықый тәрептен жәрдем бериў мақсетинде көшпели қабыллаў шөлкемлестирилди.

Акция даўамында министрлик қәнигелери тәрепинен инсан ҳуқықлары тараўында қабыл етилип атырған нызам-ҳүжжетлери, соның ишинде мәмлекетимиз тәрепинен майыплығы болған шахсларға жаратылып атырған имканиятлар, шәраятлар ҳәм жеңилликлер ҳаққында мағлыўмат берип өтилди.

Буннан тысқары, майыплығы болған шахслар арасында спорт жарыслары ҳәм викториналар өткизилип, жеңимпазларға сыйлы саўғалар тапсырылды.

Мағлыўмат орнында айтып өтиў орынлы, ҳуқықый акция шеңберинде:

– Майыплығы болған шахслар ҳуқықлары ҒХҚ ҳәм социаллық тармақлар арқалы кеңнен жарытыў;

Аудио -видео подкастлар шөлкемлестириў;

Көшпели қабыллаўлар ҳәм басқа илажларды өткизиў;

– Майыплығы болған шахслардың ҳуқықларын қайта тиклеў бойынша әмелий илажларды көриў;

Соның менен бирге, акция жуўмақлары бойынша нызамшылықты жетилистириўге қаратылған усыныслар ислеп шығыў мақсет этилген.

Видео: YouTube

Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги

Дерек: Әдиллик жаңалықлар