2023-жыл 19-ноябрь күни пайтахтымыз Нөкис қаласында барлық Жоқары оқыў орынлары студент-жаслары ҳәм жети жастан жетпис жасқа шекемги көплеген қатнасыўшылар менен биргеликте Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик байрағы қабыл етилгенлигине 32 жыл толыўы мүнәсебети менен жүгириў марафоны болып өтти.
Марафонда Муҳаммед ал-Хорезмий атындағы Ташкент информаcиялық технологиялары университети Нөкис филиалымыздың 3-басқыш студенти Сарибоев Нурсултан пара жүгириў бойынша теңлеслеринен биринши болып финиш сызығына жетип келди ҳәм жеңимпазлықты қолға киритти.
Және де филиалымыз 1-басқыш студенти Усмонжонов Ҳусниддин марафонда белсенди қатнасқанлығы ушын шөлкемлестириўшилер тәрепинен арнаўлы диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланады.
Биз де бүгинги жеңимпазларды Муҳаммед ал-Хорезмий атындағы Ташкент информаcиялық технологиялары университети Нөкис филиалы жәмәәти атынан шын жүректен қутлықлаймыз ҳәм эле де жоқары нәтийжелерди ийелеўине тилеклеслик билдиремиз.
Дерек: Муҳаммед ал-Хорезмий атындағы
ТИТУ Нөкис филиалы Баспасөз хызмети.
Отправить комментарий
Отправить комментарий