Әдиллик министрлиги тәрепинен усы жылдың 20-октябр күнинен 20-ноябр күнине шекем “Майыплығы болған пуқаралардың ҳуқықларын қорғаў” бойынша ҳуқықый акция жәрияланды.

Ҳуқықый акция шеңберинде Нөкис районы әдиллик бөлими ҳәм “Инсан” социаллық хызметлер көрсетиў орайы тәрепинен “Тақыркөл” АПЖ ҳәм де “Дийхан арна” МПЖ аймағында жасаўшы майыплығы болған пуқаралардың ҳалынан хабар алынды.

Нөкис районы әдиллик бөлими баслығы Х.Нурымбетов тәрепиен майыплығы болған пуқаралардың ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин тәмийинлеў оларға жаратылған имканиятлар ҳаққында, соның менен бирге жаңаланған Конституция ҳәм ондағы инсан мәпин гөзлеп киргизилген өзгерислер, сол тийкарда мәмлекетимизде алып барылып атырған кең көлемли реформалардың мазмун-мәниси кеңнен түсиндирип өтилди.

Буннан соң, пуқаралардың мүрәжатларына тийкар еситиў қурылмасы, майыплық арабашасы ҳәм қолтық таяқлары тапсырылды.

Дерек: Әдиллик жаңалықлар