2023-жыл 21-ноябрь күни Социаллық қорғаў миллий агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы С.Данияров 6-санлы Хожели районлараралық медицина социаллық эксперт комиссиясы имаратында болып, ол жерде жаратылған шараятлар менен танысты.

“Бул жерге келген ҳәр бир инсанның машқаласына шешим табыўымыз керек”,– С.Данияров

Бөлимниң заманагөй медициналық үскенелер менен тәмийинлениўи, майыплығы болған шахслардың комиссия көригинен өтиўи ушын ханалардың ықшам ҳәм олар ушын зәрүр шараятлардың барлығын көзден өткерди.

“Биз имканы барынша бул жерге келетуғын халық ушын барлық қолайлықларды жаратыўымыз, келген ҳәрбир инсанның машқаласына шешим табыўымыз керек”,– дейди С.Данияров.

Мағлыўмат ушын: 6-санлы Хожели районлараралық медицина социаллық эксперт комиссиясы Республкамыздың Хожели, Тақыятас ҳәм Шоманай районларындағы майыплығы болған шахслар ушын хызмет көрсетип келмекте.

Дерек: Социаллық қорғаў миллий агентлиги
Қарақалпақстан Республикасы басқармасы