Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министри Э.Турсунов басшылығында Беруний районы Жаслар орайы имәратында Төрткүл, Елликқала ҳәм Беруний районлары пуқаралары ушын ғалабалық түрде көшпели қабыллаў өткерилди.

Қабыллаў даўамында пуқаралардан 30 дан артық мүрәжат келип түскен болса, соннан 10 мүрәжат ис жүргизиўге қабыл етилип, қадағалаўға алынды, ал 20ға жақын пуқараға ҳуқықый түсиниклер берилип, 3 мүрәжат ийесиниң болса, сол жердиң өзинде машқаласы унамлы шешимин табыўына ерисилди.

Бунда, Беруний районы турғыны Н.Аның майыплығы болғанлығы себепли ҳәрекет таяныш қуралына мүтәжлигин есапқа алып, оның мүрәжатына тийкар  таяныш қурылмасы (ходунок) алып берилди, ал райондағы “Абай” аўыл пуқаралар жыйыны турғыны А.Б ҳәм “Палваш” мәкан пуқаралар жыйыны турғыны Ш.Алардың жумыссызлығы себепли сол жердиң өзинде жумысқа жайласыў ушын жолланбалар берилди.

Соның менен бирге көшпели қабыллаў даўамында пуқаралардың алысын жақын етиў мақсетинде 20дан артық мәмлекетлик хызметлер де көрсетилди.

Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги

Дерек: Әдиллик жаңалықлар