Усы жыл 15-ноябрь күни Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлигинде “Юксалиш” улыўма миллий ҳәрекетиниң басламасы менен өткерилип атырған “Пуқаралық жәмийети ҳәптелиги” шеңберинде “Трансформация процесслеринде мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң орны” атамасында ашық пикирлесиў өткерилди.
Онда жергиликли ҳәкимият уйымлары, министрлик ҳәм мәкемелер, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлери ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.
Илажда “Юксалиш” улыўма миллий ҳәрекети Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлиминиң баслығы Т.Романов, Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министриниң биринши орынбасары А.Пренов, Өзбекстан мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлери миллий ассоциациясы Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлиминиң баслығы Қ.Каримхожаев, Аймақларды экономикалық раўажландырыўға жәрдемлесиў орайы Қарақалпақстан бөлиминиң баслығы А.Нурманбетов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик басқарыўға қатнасын арттырыў ҳәм мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатланыўы бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар, олардың ҳуқықый тийкарларынан тоқтап өтти. Сондай-ақ, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң жәмийет турмысындағы орны ҳәм раўажланыў перспективалары, мәмлекетлик грант ҳәм социаллық буйыртпаларды таярлаўда машқалаларды анықлаў, олардың шешимлерин дурыс көрсетиў мәселелери бойынша кең түрде мағлыўмат берилди.
Атап өтилгениндей, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик турмыстың барлық тараўларында реформаларды әмелге асырыўда мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлериниң роли, социаллық белсендилигин арттырыў, халықты жәмийетлик ҳәм мәмлекетлик жумысларын басқарыўға белсене қатнастырыў, мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары жумысының ашық-айдынлығын тәмийинлеў, тийисли тараўларда мәмлекет сиясатын ислеп шығыўда қатнасыўда ҳәм оны әмелге асырыўда нәтийжели қарарлар қабыллаўдың оғада зәрүрли шәрти есапланады. Мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлери бүгинге келип шын мәнисинде жәмийет ҳәм мәмлекетимиздиң турақлы раўажланыўы, халқымыз абаданлығын тәмийинлеўдиң зәрүрли факторларынан бирине айланбақта.
– Соңғы жыллары елимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли демократиялық реформалар нәтийжесинде мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа институтларының жумысын қоллап-қуўатлаў арқалы тараўды жедел раўажландырыў мәмлекетлик сиясаттың әҳмийетли бағдарының бирине айланбақта,–дейди “Юксалиш” улыўма миллий ҳәрекети Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлиминиң баслығы Тажибай Романов,– Атап айтқанда, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа институтларын мәмлекет тәрепинен субсидиялар, грантлар ҳәм социаллық буйыртпалар арқалы қоллап-қуўатлаў көлеми жылдан-жылға артып бармақта.
Илаж қатнасыўшылары күн тәртибиндеги мәселелер бойынша өзлериниң пикир ҳәм усынысларын билдирди.
Видео: YouTube
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.
М.ҲӘБИБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери
Дерек: KKNEWS.uz – Қарақалпақстан хабар агентлиги Рәсмий веб-сайты
Отправить комментарий
Отправить комментарий