2023-жыл 19-ноябрь күни пайтахтымыз Нөкис қаласында барлық Жоқары оқыў орынлары студент-жаслары ҳәм жети жастан жетпис жасқа шекемги көплеген қатнасыўшылар менен биргеликте Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик байрағы қабыл етилгенлигине 32 жыл толыўы мүнәсебети менен жүгириў марафоны болып өтти.

Марафонда “Өзбекистан арнаўлы олимпиадасы” жәмийет бирлеспеси Қарақалпақстан бөлими баслығы Г.Турсымуратова, жәмийет белсенди ағзалары ҳәм олардың ата-аналары қатнасты.

Саламат Авезов,
Нөкис қаласы.