Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Социаллық қорғаў миллий агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен район (қала)лардағы “Инсан” Социаллық хызметлер орайлары хызметкерлериниң тәжирийбесин арттырыў, қабыл қылынып атырған норматив ҳүжжетлердиң мақсет ҳәм ўазыйплаларын кеңнен түсиндириў мақсетинде ҳәр күни “Зоом” платформасы арқалы онлайн түрде семинар өткериў жолға қойылған.

Семинардың нәўбеттеги күнинде хызметкерлер Өзбекстан Республикасы Президентиниң “Халыққа Социаллық хызметлер ҳәм жәрдемлер көрсетиў системасын жәнеде жетилистириў ис-илажлары ҳаққында”ғы 2023-жыл 28-сентябр күнги 319-санлы қарары тийкарында Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Социаллық қорғаў миллий агентлиги директорының буйрығы менен таныстырылып, өзгелер күтимине мүтәж болған жалғыз жасаўшы йәки жалғыз кексе ҳәм майыплығы болған шахс деп табыў йәки бийкар этиў, жалғыз кекселер ҳәм майыплығы болған шахслар реестрин қәлиплестириўге байланыслы жумысларды нәтийжели шөлкемлестириў бойынша тийисли қәнигелер тәрепинен түсиниклер берилди.

Дерек: Социаллық қорғаў миллий агентлиги
Қарақалпақстан Республикасы басқармасы