2023-жыл 19-ноябрь күни пайтахтымыз Нөкис қаласында барлық Жоқары оқыў орынлары студент-жаслары ҳәм жети жастан жетпис жасқа шекемги көплеген қатнасыўшылар менен биргеликте Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик байрағы қабыл етилгенлигине 32 жыл толыўы мүнәсебети менен жүгириў марафоны болып өтти.

Марафонда Өзбекстан Республикасы герең-сақаўлар жәмийети Қарақалпақстан Республикасы бөлими ағзасы балалығынан II-топар майыбы Авезова Райхан пара жүгириў бойынша теңлеслери қатары финиш сызығына жетип келди ҳәм жеңимпазлықты қолға киритти.

Биз жеңимпаз қызымызды Өзбекстан Республикасы герең-сақаўлар жәмийети Қарақалпақстан Республикасы бөлими жәмәәти атынан шын жүректен қутлықлаймыз ҳәм еле де нәтийжелерди ийелеўине тилеклеслик билдиремиз.

Саламат Авезов,
Нөкис қаласы.