Бүгин Хожели районында “Инсан” социаллық хызметлер орайының салтанатлы ашылыў мәресими болып өтти.

Онда Президент жанындағы Социаллық қорғаў миллий агентлиги директорының кеңесгөйи Ш.Аскаров, Социаллық қорғаў миллий агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы С.Данияров, район ҳәкими Ж.Ермашев, сондай-ақ кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.

Президентимиздиң 2023-жыл 1-июнь күнги “Халыққа сапалы социаллық хызмет ҳәм жәрдем көрсетиў ҳәмде оның нәтийжели қадағалаў системасын жолға қойыў бойынша комплекс ис-илажлар ҳаққында”ғы 82-санлы Пәрманына муўапық искерлигин баслаған бул орай социаллық жәрдемге мүтәж пуқараларымызға сапалы жәрдем көрсетиў, ҳәр тәреплеме қолайлы шараятлар жаратыў ҳәм олардың турмыс жағдайларын жақсылаў бағдарында халқымызға комплекс социаллық хызметлер көрсетеди.

Буннан соң, мийманларымыз орайды салтанатлы түрде ашып, пуқаралар ҳәм хызметкерлер ушын жаратылған шараятлар менен жақыннан танысты.

Дерек: Социаллық қорғаў миллий агентлиги
Қарақалпақстан Республикасы басқармасы