Алдын хабар бергенимиздей, 2023-жыл 21-ноябрь күни Социаллық қорғаў миллий агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы С.Данияров Хожели районында болып, мәҳәллелерде жалғыз жасаўшы инсанлардан хабар алды.

Районда жайласқан “Наўрыз” мәҳәллесинде жасаўшы И.Ибайдуллаев ҳәм “Сарышүңгил” мәҳәллесиде жасаўшы М.Аннакурбановалар пенен ушырасып, жасаў шараятлары менен танысты ҳәм машқалаларын тыңлады.

Оларды медициналық көриктен өткериў, тез пурсатта үйди ысытыў ушын пайдаланылатуғын көмир жанылғыларын жеткерип бериў бойынша жуўапкерлерге тапсырмалар берилди.

Мағлыўмат ушын, Президентимиздиң 2023-жыл 28-сентябрь күнги 319-санлы қарарына тийкар, 2023-жыл 15-октябрь сәнесинен баслап, 28 район (қала)да, соннан Қарақалпақстан Республикасының Беруний ҳәм Хожели районларында эксперимент сыпатында “Инсан” социаллық хызметлер орайлары социаллық хызметкерлер топарлары тәрепинен социаллық хызметлер ҳәм жәрдемлер көрсетиўдиң жаңа системасы жолға қойылды.

Жоқарыдағы категорияға кириўши шахслар ушын социаллық хызметкерлер топарлары өзлериниң бийминнет хызметлерин көрсетип келмекте.

Дерек: Социаллық қорғаў миллий агентлиги
Қарақалпақстан Республикасы басқармасы