Хабарыңыз бар, Республикамыз бойлап Гендер зорлығына қарсы 16 күнлик, яғный 25-ноябрь ҳәм 10-декабрь күнлери аралығында жәмийетте ҳаял-қызларға басым ҳәм зорлық машқаласына арналған үгит-нәсият илажлары өткерилиўи режелестирилген.

Усындай илажлардың бири Нөкис қаласында өткерилип, оған социаллық тараўда бирге ислесиўши барлық мәкеме, мәмлекетлик емес шөлкем ўәкиллери қатнасты.

Илажда халықтың гендер теңлиги бойынша хабардарлығын асырыў, ҳаял-қызлардың ҳуқық ҳәм мәплерин қорғаў бойынша қабыл қылынып атырған нызамшылықтағы өзгерислер, сондай-ақ жәмийетте ҳаял-қызлардың ролин асырыўға қаратылған мәселелер додаланды.

Дерек: Социаллық қорғаў миллий агентлиги
Қарақалпақстан Республикасы басқармасы