2023-жыл 30-ноябрь күни Пуқаралық басламаларды қоллап-қуўатлаў орайы Қарақалпақстан аймақлық бөлими директоры Г.Жоллыбекова тәрепинен “Көзи әззи инсанлардың дүньяны үйрениў имканияты” атамасындағы мәмлекетлик социаллық буйыртпасының орынланыўын мониторинг етиў жумыслары алып барылды.

Календарь реже тийкарында Нөкис қаласы 10-санлы Республикалық қәнигелестирилген “Нурлы мәкан” мектеп-интернатынын  арнаўлы «Дисплей» қурылмасында жумыс ислеўди үйренген арнаўлы пән муғаллимлери сол интернаттың оқыўшыларын оқытып баслады.

Ҳәр бир пән муғаллими өзиниң сабагын арнаўлы «Дисплей» қурылмасынан пайдаланып өтеди. Жойбардың жуўмағында мектеп оқыўшылары арасында «Ким Брайль Дисплейди жақсы меңгерди?» атамасында конкурс өткерилиўи режелестирилген.

Дерек: Өзбекистан мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкеми
Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими