3-декабрь – Халықаралық майыплар күни мүнәсибети менен бүгин Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде байрам илажы болып өтти. Онда университетимиз ректоры А.Реймов, университет ҳаял-қызлар мәселелери бойынша ректор мәсләҳәтшиси И.Сейтназарова ҳәм студент-жаслар қатнасты.

Ушырасыўда ректор А.Реймов сөзге шығып, оқыў дәргайымызда майыплығы болған студентлеримизге жаратылып атырған шараятлар ҳаққында тоқталып, олардың билим алыўы, ден саўлығын қайта тиклеўи ушын Мәмлекетимиз тәрепинен кең көлемли жумыслар әмелге асырылып атырығанлығын атап өтти.

Илажда ректор А.Реймов университетте оқып атырған майыплығы болған студент-жаслар менен сәўбетлесип, олардың машқалалары ҳәм пикир усынысларын тыңлады. Сондай-ақ, бүгинги байрам менен қутлықлап, оларға университет ректораты тәрепинен байрам саўғасы сыпатында қаржылай сыйлықлар тапсырды. Илаж даўамында студент-жаслар университет ректораты тәрепинен көрсетилип атырған бундай итибар ҳәм ғамхорлықтан шексиз қуўанышта экенлигин айтып, өз миннетдаршылықларын билдирди. 

Буннан соң, университетимиз Көркем өнер факутет студент-жаслары тәрепинен таярланған конcерт бағдарламасы менен даўам этти.

Ҳақыйқатында да майыплығы болған, соcиаллық қорғаўға мүтәж пуқараларды қоллап-қуўатлаў, оларға жәрдем бериў сыяқлы инсаныйлық пазыйлетлер әзел-әзелден руўхый санамызға сиңип, уллы қәдириятларымыздың бирине айланған.

ҚМУ Баспасөз хызмети

Дерек: www.karsu.uz