“3-декабрь – Халықаралық майыплығы болған шахслар күни” мүнәсибети менен байрам илажы өткерилди.

Бүгинги күнде мәмлекетимизде инсан қәдири, оның ҳуқық ҳәм еркинликлерин тәмийинлеў, социаллық қоллап-қуўатлаўға мүтәж пуқараларға ғамхорлық көрсетиў мәмлекетлик сиясаттың баслы бағдарларының бирине айланған.

Бул бағдарда барлық пуқараларымыз сыяқлы имканияты шекленген ўатанласларымызға итибар ҳәм әмелий жәрдем көрсетиў, оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға айрықша кеўил бөлинбекте. Оларға барқулла итибар қаратылып, бар мүмкиншиликлер жаратылып атыр.

Усы тийкарда бүгин Нөкис қаласында “3-декабр Халықаралық майыплығы болған шахслар күни” мүнәсибети менен байрам илажы болып өтти.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев ҳәм Социаллық қорғаў миллий агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы С.Данияровлар қатнасып, мәмлекетимизде ҳеш ким меҳир ҳәм итибардан шетте қалмайтуғынлығын атап өтти.

Байрам илажында бир қатар имканияты шекленген шахсларға баҳалы саўғалар тапсырылды.

Соның менен бирге, көркем өнер ҳәм мәденият хызметкерлери тәрепинен концерт бағдарламасы жыйналғанлар нәзерине усынылды.

Дерек: Социаллық қорғаў миллий агентлиги
Қарақалпақстан Республикасы басқармасы