Өзбекстан Майыплар Ассоциациясы Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими баслығы Ж.Нарбаев, “Өзбекистан арнаўлы олимпиадасы” жәмийет бирлеспеси Қарақалпақстан бөлими баслығы Г.Турсымуратова, Жумыстан ҳәм аўрыўдан майып болған майыплығы болған шахслардың жәмийетшилик бирлеспеси баслығының орынбасары В.Досжанова ҳәм Д.Жаңабаевлар Қарақалпақстан радиоканалында “3-декабрь – Халықаралық майыплар ҳуқуларын қорғаў күни" мүнәсибети менен "Халық пенен сәўбет" атамасындағы еситтириўи мийманы болды.

Мақсет Республикамызда майыплығы болған шахслардың ҳуқуқларын қорғаў, оларды хәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, машқалаларын шешиў бойынша исленип атырған жумыслар бойынша сәўбетлести.

Дерек: Өзбекстан Майыплар Ассоциациясы
Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими