2023-жыл 6-декабрь күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети “Юридика” факультетинде оқып атырған майыплығы болған студентлер арасында "Мениң хуқуқларым" атамасында семинар-тренинг болып өтти.

Семинарды Өзбекстан Халық Демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы Кеңесы жуўаплы ўәкил Г.Дәлибаева, Өзбекстан Майыплар Ассоциациясы Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими баслығы Ж.Нарбаев, Өзбекстан Республикасы көзи әззилер жәмийети Қарақалпақстан Республикасы басқармасы Нөкис қалалық бөлими басшылығы А.Хожанов, “Мадад” мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкеминиң Қарақалпақстан Республикасы Нөкис қалалық ҳуқықый мәсләҳәт бюросы бас қәнигеси А.Алдамуротва, “Өзбекистан арнаўлы олимпиадасы” жәмийет бирлеспеси Қарақалпақстан бөлими баслығы Г.Турсымуратова, Жумыстан ҳәм аўрыўдан майып болған майыплығы болған шахслардың жәмийетшилик бирлеспеси баслығының орынбасары В.Досжановалар алып барылды.

Семинар-тренингге “Юридика” факультети студент-жаслары қатнасты ҳәм өзлериниң қызықтырылған сораўларына қәнийгелер тәрепинен жуўаплар алды.

Видео YouTube:

Дерек: Өзбекстан Майыплар Ассоциациясы
Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими