Майыплығы болған шахсларды реабилитация етиў ҳәм протезлеў орайына қосымша имарат салынбақта.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 30-декабрьдеги “2023-2025-жылларда Өзбекстан Республикасының социаллық ҳәм ислеп шығарыў инфраструктурасын раўажландырыў ис-илажлары ҳаққында”ғы ПҚ-465-санлы Қарары тийкарында Нөкис районы «Ақмаңғыт» посёлкалық пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан Майыплығы болған шахсларды реабилитация етиў ҳәм протезлеў орайына 8 млрд. 980 млн сум қаржы есабынан қосымша жаңа имарат қурылмақта. 

Бул қосымша имараттың қурылыўы майыплығы болған шахсларға қолайлы шараятлар жаратыў,имарат ишинде лифт, операция блоги ҳәм наўқаслардың емлениўи ушын қосымша 50 орынға мөлшерленген имарат пайда болады. 

Қурылыс жумыслары жуўмақланғаннан соң Майыплығы болған шахсларды реабилитация етиў ҳәм протезлеў орайы 100 орынлық, барлық зәрүр медициналық әсбап-үскенелер менен тәмийинленеди.

Дерек:Нөкис районы ҳәкимлиги Баспасөз хызмети